⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАРЫН

Қарақалпақша

ат. Адамлардың, жанлы-жаныўарлардын органы, асқазан. Қарны местей байдың үйлерин сүзип, Көзлерим телмирип отыр, не пайда (Омар). Қарын менен гегирдеғим уўдай ашып кетти (Ж.Аймурзаев). Жақсы ас қалғанша, Жаман қарын жарылсын (ққ.х.н.м.). Қәнәәт қарын тойғызар, Қәнәәтсиз жалғыз атын сойғызар (ққ.х.н.м.). Қалтадай қарын тойса да, Кеўил көлдей тоймайды (ққ.х.н.м.).