ҚАРЫ
Қарақалпақша
ат. 1. Өлшеў бирлиги.
2. Қолдың ушынан мойын омыртқаға шекемги аралық.
Оң қолдың қары аўырып, шопан хүкимине көндирип (А.Дабылов).
3. Узынлық өлшеми, көкиректиң ортасынан созылған қол бармақларының ушына шекем деп те бериледи.
Елдиң аўзын тыймаға, Елли қары бөз керек (ққ.х.н.м.).
Ыштансыздың түсине, Алты қары бөз енер (ққ.х.н.м.).
з.
қ. Қарыў II.