⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАРШЫҒА

Қарақалпақша

ат. Иймек тумсыкды, өткир, узын тырнақлы алғыр (қыран) қус. Қаршығаның баласы илмей қалмас, жақсыдан қол үзбеңиз жарлы екен деп (ққ.х.н.м.). Бундай мунды адамларды оқы тсаң, ушар еркин томағасыз қаршыға (И.Юсупов). 0 Қаршыға көзли — қаршығаның көзиндей, өткир көз. Шашақлы көйлекше кийгизип, кекилин маржанлап моншаклаған жас жорғаның үстинде кетип баратырған қаршыға көзли, бийдай рең, сулыў жас жигит таўыстай доланып баратыр еди (К.Султанов).