ҚАРАЛЫ
Қарақалпақша
кел. Хожалық баслығы өлген қайғылы үй, сорлы, бахытсыз.
Өз теңимнен айырылып, Қаралы ҳаял менен болдым (Қ.Ирманов).
Қатыны өлип әкем қаралы болған, Қайғы отына иши жаралы болған (А.Дабылов).
0 Қаралы етиў — бахытты тайдырыў, бахытсыз болыў.
Басыңа келген бахытты қаралы еттиң, ининди өлтирдиң дейди (Қ.Айымбетов).