ҚАРАЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Айыплаў, гүнақарлаў, гүналаў.
Дийқан, шопан болса оны көтерип, Бай болғанды ондырмай тур қаралап (А.Дабылов).
Қулмурат болыс бизлерди қаралаў ушын он гүўа адамды ақшаға жаллап алып келди (Қ.Ирманов).
2. Басқа түрдеги затты қара түрге өзгертиў, қараға бейимлестириў.