ҚАРАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Көриў ушын көзил аўдарыў.
Былжыратып сөзлерин, алартып қарап көзлерин (Әтеш).
Басқа сөз айтпады, Атамурат терис қарады (Ө.Айжанов).
2. Бағынышлы болыў, қараўында болыў.
Хийўа ханына қараған түркменлер кем-кемнен өзғере баслады (Қ.Ирманов).
Өзбек ханларына қарап турған жерлердеги көп қәўимлер посып көшти (Қ.Ирманов).