ҚАН
Қарақалпақша
ат. 1. Денедеги клеткаларды азықландыратуғын, затлар айланысын тәмийинлейтуғын, организмде тамырлар арқалы жүрип туратуғын қызыл түсли суйық зат.
Бөринин аўызы жесе де қан, жемесе де қан (ққ.х.н.м.).
Қарсы келген душпанның қанын суўдай ағызды («Алпамыс»).
2. Туқым, тийкар шығыс, тек.
Қаны басқа.
3. аўыс. Өлим, әжел.
4. аўыс. Намыс, ашыў, ыза, кек.
0 Қан ишер — жаўыз, қанхор.
Қан сорпа болыў — қатты жүрип ямаса жумыс ислеп қара терге батыў.
Қаны қашыў — түри бузылыў.
Қан қақсатыў — зарлатыў, қара жерге отырғызып кетиў.
Қаны кебиў — шөллеў, суўсаў.
Қан жутыў — қайғырыў, қыйналыў.
Қан қумар — киси өлтиргиш, қанхор.
Қан ишер — жаўыз, адам өлтиргиш, қанхор.
Аўзы даладай қан — бет-аўзынан аққан қан.
Мурны даладай қан болыў — мурнынан қан ағыў.
Бетинде қан болмаў — қаны қашыў, куўарыў.
Қан шықпаў — а) организмниң жаракатланған жеринен қан шықпаў.
б) аўыс. сықмар, саран.
Қан алыў — организмдеги қанды алыў.
Қан жибериў — әззиленген организмге қан жибериў, қан бериў.
Қан азайыўы — қанның кемейиўи, азая баслаўы.
Қабағынан қан жаўыў — қатты ашыўланыў, тулланыў.
Киндик қан тамған жер — туўылған мәкан, орын.
Көзине қан толыў — ҳәдден тыс қәхәрлениў, қутырыныў.
Қанға батыў — қанға боялыў.
Қан бериў — қан алдырыў.
Қан кетиў — ерксиз түрде организмнен қан кетиў, қан ағыў, тыйылмаў.
Қан басым — организмде қанның көбейиўи, тасыўы.
Қанға жериў — қанға ҳәўес етиў.
Қанға отырыў — гөн.с.дин.с. наўқастын қанға отырып емлениўи, даўаланыўы.
Қанға қан алыў — өш алыў.