ҚАМШЫ
Қарақалпақша
ат. 1. Терини жиңишке етип тилип өрилетуғын ағашқа ямаса басқа бир затқа сапланып, көликти урып жүргизетуғын курал, ер-турманның бир бөлеги.
2. аўыс. Еркек маллардың, ҳайўанатлардың жыныс мүшеси, зигириги.
0 Қамшы сап — қамшыға сап болатуғын хәр түрли зат.
Қамшының астына алыў — қатырып сабаў, урыў.
Қамшының астына тутыў — катырып сабатыў, урдырыў.
Қамшы жеў — таяқ жеў.
Қамшы жумсаў — қамшы менен урыў, сабаў.
Қамшы ойнатыў — зорлық қылыў, қорлық көрсетиў, зулымлық етиў.
Қамшы болыў — аўыс. Себеп болыў, дәлил болыў, сылтаў болыў.
Қамшы урыў — урыў, таяқлаў.