ҚАЛАҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Шетлери, жийеклери қайырылған кишкене гүрекше.
Тары қалақ, ескек қалақ, күл қалақ хәм т.б.
2. Артта қалыўшы.
Қалақ колхозларды алдағыларға теңғериў жарыстың бас жуўмағы болыў керек.
3. Ойынның бир түри, суўда балалар бир-бирин қуўалап, урып ойнайтуғын ойын.