ҚАЙЫҚ
Қарақалпақша
ат. Суў үстинде ескек пенен жүретуғын қатнас қуралы, кемениң кишкене түри.
Қайыққа мингенниң жаны бир (ҚҚ.Х.Н.М.).
Моторлы қайық — мотор менен жүретуғын, ескексиз қайық.
Желқомлы қайық — желқом менен жүретуғын, желқом орнатылған қайық.