⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАЗАН III

Қарақалпақша

ат. 1. Шойын ямаса мыстан жасалған тамақ писиретуғын ыдыс. Елиў жылда ел жаңа, Қырқ жылда қазан жаңа (ҚҚ.Х.Н.М.). 2. Металл қайнататуғын үлкен ыдыс. 0 Пуў қазан — атмосфера бысымынан жоғары бысымда пуў алыў ушын пайдаланылатуғын ыдыс. Қазан көтериў — аўқат асыўға кирисиў, тамақ писириў. Қазанның күйесиндей — қара, қап-қара, шым қара. Қазаны басқа — өз алдына хожалық, үй. Қазаны майланыў — майлы аш писириў. Өмир қазан — күнелтиў, тиришилик. Орталық қазан — көпшиликтиң бир жерден аўқат ишиўи. Шүлен қазан — көпшиликке жететуғындай аўқат писетуғын үлкен қазан, нәҳән қазан.