ҚАЗА I
Қарақалпақша
ат. 1. Өлим, әжел.
Сабыр қылып бәлеге, Разы болып қазаға.
Өз кеўлин өзи жайлады (Бердак).
2. аўыс. дин.с. Оқылмай калған намаз.
Молла намаз қаза етти, Таң алдынан жүрип өтти (Бердақ).
0 Қазаға ушыраў — өлиў, кайтыс болыў.
Қазаға дуўшар болыў — өлимге ушыраў, әжелге тап болыў.
Қаза болыў — а) дүньядан қайтыў, өлиў, қайтыс болыў.
б) аўыс. Ҳәр күнги оқылатуғын намаздан оқылмай қалған намаз.
Қаза табыў — кайтыс болыў, өлиў.
Қазасы жетиў — өлетуғын ўақыты келип, әжел жетиў.
Қаза қылмаў — а) дин.с. намазын өз ўақтында оқып турыў, парызын өтеп турыў.
б) аўыс. Ҳәмме нәрсени орынлап отырыў, питкериў.
Қаза жибермеў — а) дин.с. намазын қаза қылмай оқыў, өз ўақтында оқып турыў.
б) аўыс. бир нәрсениң орынланыўына қатнасыў, ғәлет жибермеў, питкериў.