ҚАБЫРҒА
Қарақалпақша
ат. Омыртка менен гәўде сүйекти байланыстырып туратуғын жиңишке иймек сүйек.
Қабырғасы қампайды, Қурсақдары томпайды («Мәспатша»).
0 Қабырғасы қайысыў — жаны ашыў, уўайымлаў, қайғырыў.
Бердақ жарлы халықтың аянышлы ҳалына жаны ашып, қабырғасы қайысқан (И.Сағыйтов).
Қабырғаға батыў — аўыр тийиў, жаны ашыў, уўайымлаў.
Ағасының хабары қабырғаға батады («Қырқ қыз»).
Қабырғасы сөгилиў — уўайымлаў, қайғырыў, қыйланыў, жаны ашыў, жаны қыйланыў.
Қабырғасы менен кеңесиў — өзиниң ақылына, ойына салыў, дым ойланыў, өзиниң ойы менен болыў.