⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАЎЫН

Қарақалпақша

ат. 1. Қол жайып пәлеклеп өсетуғын палыз егинлериниң бир түри. 2. Усы палыз нәушеси, түйнеги. Таўмураттың ақыл-хуўышын қапталындағы палыздан сарғайып шыққан қаўынға ҳәўес болғандай Әжинияздың аўзына тигиле қалыпты (К.Султанов). 0 Қаўын-кәмек — палыз егинлериниң жыйнақлы аты. Қаўын-кәмек деп отырған ағам Өтеген менен бирге салдаў тартып өрге кетти (К.Султанов).