ҒӘРИПЛИК
Қарақалпақша
ат. 1. Жарлылық, бийшаралық, әменгерсизлик жағдай.
Усы көрпениң орнындай ғана жер саған ырысқы-үнем бола ма, не деген ғәриплик! (А.Садықов).
2. Мүсәпирлик, жуўаслық.
Көп күнлерден бери үйлерине қайта алмай, қазыўдын азабын көрип ғәриплик пенен жүрген адамлар қоңыр атлының айтқанын еситеди (Т.Нәжимов).
3. Бахытсызлық, сорлылық.
Жаўгершиликтен соң ғәриплик түсти басына (ҚҚ.Х.Қ.).