⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҒЫЖЛАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Қатты ыссылық, бериў, оғада ысыў, шоқ болып турыў. Гә ғыжлады сексеўилдин шоғындай, Гә тандырдай ушқын шашып лаўлады (И.Юсупов). 2. аўыс. Қандай да бир қатты сезимнен тәсир алыў. Сол қыздан түскен ушқын жүрегинде ғыжлап тур (К.Султанов). 3. Асқазанның күйиўи. Кешки аўқаттан кейин асқазаным ғыжлап аўыра баслады, — деп айтып берди өз кеселлиги қаққында алдыма келген апа (С.Салиев). 0 Жүреги ғыжлаў — фразеологизми менен де айтылады. Соңғы күнлери жүрек ғыжлаўына тап болдым, — деди ол (Г.Есемуратова).