⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҒУНАН

Қарақалпақша

ат. монғ. Үш жасар айғыр ат, үш жасар қой т.б. хайўанлар. Тек көз ушында қара торы ғунан ерин аўдарып тур (Т.Қайыпбергенов). 0 Ғунан ат — үш жасар минги ат. Жас жылқыман курық таслар ғунанға (И.Юсупов). Ғунан қой — жигирма айдан үш жасарға шекемги жандыққа, қойға айтылады. Қудаларға сойыў ушын да, күйэўдиң қәдеси ушын да усы ғунан қой жарайды, — деди атам (Ж.Аймурзаев). Ғунан шығар (арқа д.) — малдың саўыўдан қалғаннан кейинги дәўири «ғунан шығар» деп айтылады (Диал.сөзлик).