ҒОДДАСЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Менменсиниў, өзин жоқары тутыў, шәррийиў.
Боққа тойған қораздай ғоддаслап жүрисин қара! (С.Салиев).
2. Шалжақлаў, гәрдийиў, мардыйыў.
Пай-пай отағасы-ай, гуўлеп өтпейсиз, Неге сиз соларды жатырып кетпейсиз.
Буны еситип Еркин ғоддаслап кетти, Тасып дөгерегин көл-дәрья етти (И.Юсупов).