⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҒАРҒА ҒАРҒАНЫҢ КӨЗИН ШОҚЫМАЙДЫ

Қарақалпақша

р. Бир мәптеги, бирдей ой-пикирдеги, тилек-мақсетлери бир болған адамлардың бирин-бири қоллаўы, биреў-бирэўине зиян тийгизбеўи. Ғарға-ғарғаның көзин шоқый ма? Аты Қоңыраттың улы... Ырысқул, алжыдың, түсинбейсең! Жас дананың даналығына исениў — ел болыў, халық болыў, деген сөз (Т.Қайыпбергенов).