⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҒАРҒА

Қарақалпақша

ат. Қара ямаса ала реңли ҳәр түрли нәрсени жей беретуғын жабайы қус. Қара ғарға, ала ғарға. Ғазға ерип ғарғаның шаты айырылыпты (ққ.х.н.м.). Жаўгершилик көп болды, Сансыз адам қырылып, Ғарға жеген өликке, Жылға-сайлар топ болды (Жийен жыраў). 0 Ғарға адым жер — жақын аралық. Ғарға адым жерге жаяў барса да болады ғой...(А.Әлиев). Ғарғадай секелеклеў — турақсызлық, адамның ҳәр қыйлы истиң басында жүриўи. Оған жумыс таўып киргизгени менен ғарғадай секелеклеп, бир истиң басын усламады (М.Нызанов).