⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҒАЛАЎЫТ

Қарақалпақша

ат. 1. Патырат, алағада, қозғалаң, топалаң. Орнымнан турдым, жуўырғым келеди, аўыл шетиндеги кең далаға шығып жүрегиме ғалаўыт салып атырған тәшўиш пенен қуўаныштың сыры неде екенлигин жер ҳәм аспаннан сорағым келеди (Ш.Айтматов). 2. Тастыйықланбаған әңгиме, тийкарсыз хабар, сөз. Жәмийланы алып кетедимиш деген ғалаўыт тарады (К.Султанов). Жаслар жүрегине ғалаўыт салдың, Қырқ шөҳәрди бузған әзөзүл усап! (Т.Жумамуратов). 3. Жәнжел, ала аўызлық, келиспеўшилик, урысыў, шатақ шығарыў, даўласыў, кейисиў, бақырысыў. Ерте менен турып, ат шаптырып далаға, жар салдырып қалаға, Ғалаўыт салды араға («Қоблан»).