⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҒАЙРЫ

Қарақалпақша

кел. Басқа, бөтен, шет, өзге, шет ел, теги басқа. Анам берген нәсиятын тыңдамай, Ғайры елде қанша дүнья арттырдық («Алпамыс»). Ғайры дин адамлары алдында ўәдени бузыў — исламның дийўалына күйе жағыў, балам, тез жет, — деди Мурат шайық (Т.Қайыпбергенов). Ғайры биреўлерди етип жолдасың, Жүрме ағызып дилбарыңның көз жасын (Бердақ). 0 Ғайры нағыс — сулыў нағыс, гөззал нағыс. Таўыс ғайры нағыс қанатын жайды. Әтирапта көк шөплер, гүллер ғайры нағыс гилемдей таўланады (А.Әлиев).