ҒАЙРАТ
Қарақалпақша
ат. Күш, қарыў, жигер, дәрман, қуўат.
Ғайратым бар жуўырып, жортатуғын, Өз арбамды өзимниң тартатуғын (С.Ниетуллаев).
0 Ғайрат салыў (ғайрат етиў) — күш салыў, қарыў салыў, хызмет етиў, үлес қосыў.
Жигитлер бир ғайрат салса мына жумыс бүгин питип қалар, — деди баслыққа көз тигип (К.Алламбергенов).
Ғайраты қашыў — күш-қуўаты кетиў, хәлсизлениў.
Ақсақалдың бүгинги күни ғайраты қашып, қолынан ҳеш нәрсе келмей отырғаны ғой (А.Әлиев).