ҒАЎЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Ҳәўижленип өсиў, қалың болып шығыў.
Қулағының ушына шекем гаўлап шыққан қупа сақалы еле баяғы турысыңда (К.Султанов).
2. Оғада көпшилик болыў, көпшилик болып шубырысыў.
Абаханның изинен, Барлығы гаўлап ереди («Ер Зийўар»).
Мине бундай истерди, көргеннен соң Суртайша, Гаўлап кирди қалаға («Қырқ қыз»).
Болдым деме сөзге шешен, Гаўлап өскен талант көп (Т.Жумамуратов).