Ғ
Қарақалпақша
1. Қарақалпақ әлипбесинде алтыншы даўыссыз фонеманың таңбасы, ҳәриби (атамасы).
2. лингв.
кишкене тиллик, үнли, жуўысынкы, аўызлық фонема.
Даўыссыз Ғ — фонемасы тилдиң көтериңки ҳалда турған арткы бөлимине кишкене тилдиң жақынласыўы, тилдиң алдынғы бөлими түсиңки халда болыўы, тил ушының тағы да шегине отырып алдынғы тислерден қашықласыўы, кишкене тилдиң көтерилип, мурын жолын жаўып турыўы арқалы жасалады («Ҳәзирги қарақалпақ тили.
Фонетика»).