ЯСИЙИН
Қарақалпақша
ат. дин.с. Мусылман дининде өлип баратырған, жатырған адамның гүналарын кешириўди соранып, оның жанында оқылатуғын дуўа.
Ясийин оқыў — а) өлиў халында жатырған адамның гүналарын кешириў туўралы соранып оқылатуғын дуўа.
б) аўыс. бир нәрсе қаққында қайта-қайта айта бериў, мәниссиз езе бериў, көп сөйлей бериў.
— Адастың деп Айдос қулағына ясийин оқысаң да, болғаны (Т.Қайыпбергенов).