ЯРЫМ II
Қарақалпақша
кел. 1. Бир нәрсениң ортасы, орта бели.
Түн ярым ақшамнан аўып кетти, мүмкин енди таўық шақырар? (Ө.Хожаниязов).
Ал дәмесин үзгенлер, ярым жолда қалып атыр (К.Султанов).
2. Толық емес, шала.
Арадан ярым чайнек чай ишимдей өтти (Қ.Досанов).
3. Пүтинниң екиден бирине тең муғдар.
5. Ярым саат самолётта жол жүрип, Шийрин қыял кеўил үйип толтырып (Т.Сейтжанов).
Кеш шыра менен ис қылсаң шыра сел соңына бейим ярым метрдей жерде турсын (С.Мәжитов).
Чайға салып ишетуғын еки пар лимон, ярым килограмм манларин алды (Ө.Айжанов).