ЯПЫРМАЙ
Қарақалпақша
т.с. Ҳәр қандай айтылажақ пикирге танданыўды билдиретуғын таңлақ сөз.
Арыўхан деп пе еди, ким деди атың? Япырмай өнерин, сымбатын (И.Юсупов).
— Япырмай, неге, тартынасаң? Усындай жерде де сөйлеўге қысыныўға бола ма? (Ө.Айжанов).
Япырмай, Айхан бийшараға не қылды екен? (Қ.Әўезов).