⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЯМАСА

Қарақалпақша

к.с. Сөзлердиң, гәплердиң араларын байланыстыратуғын аўыспалы дәнекер. Бүгин ямаса ертең тағы, хабар аламан (Ө.Хожаниязов). Себеби, бул аўылға жумыс бабында ямаса бирэўге хат ямаса газета алып бараман (Қ.Айымбетов). Ол Серимбеттиң қараўытқан көзин ямаса наразылық пенен жыбыр еткен еринлерин де байқаған жоқ (Ө.Айжанов).