ЯДРО
Қарақалпақша
ат. физ.
1. Бир нәрсениң ишки орайлық бөлими, өзеги.
Атом ядросы.
Адамзат ушын ядро апатшылығының қәўпинен артық үлкен қәўип жоқ деп көрсетилди хатта.
Ядро урысы, — деп атап көрсетилди документте, — бул адамзатқа қарсы жынаят.
2. Бир нәрсениң, жемистиң дәнеси, мөженеси.
3. Тийкар, негиз, уйытқы, орай.
Арқа бурынғысынша АҚШ санаатының ядросы болып қалмақта.
4. биол.
Ҳайўан ямаса өсимлик клеткаларының тийкарғы бөлеғи, маңызы.
5. Әскерий қурал.
Ядро қуралларын сынап көриўлерди улыўма қадаған етиў қаққында шәртнама дүзиў зәрүрлигин көрсетти.
6. сп.
Ылақтырыў ушын исленген домалақ аўыр металл шары.
7. аўыс. Бир жәмәәт, топар ямаса шөлкемниң тийкарғы бөлими, таянышы, тиреги.