ЯБЫ
Қарақалпақша
ат. Ҳасыл туқым қатарына кирмейтуғын әпиўайы ат, жайдары ат. Күш-көликтен жалбыр, жабыўлы бир ябысы менен қартайған бир сыйыры бар (К.Султанов).
Көмши урып ябыға, Алды түсип кетти ойға, үш кулаш гөне қуйыға, Арба түсип жеткен екен (Бердақ).
Ябы қыпшақ — қыпшақ урыўы бир тийреси, тараўы, бөлими.
Өмирбек ябы қыпшақ урыўынан деседи («Әмиўдәрья» ж.).