ЮНЕСКО
Қарақалпақша
ат. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң билимлендириў, илим хәм мәденият мәселелери бойынша қәнигелескен мәкемелеринен бири.
ЮНЕСКО Екинши жер жүзилик урыс тамамланғаннан соң дүзилди.
Сол ўақытта 44 мәмлекеттиң ўәкиллери Лондон қаласында конференцияға жыйналып, ЮНЕСКО шөлкемин дүзиў бойынша уставты қабыл етти.
Солай етип, ЮНЕСКО 1946-жылы өз жумысын баслады.
Ҳәзирги күнде оған 184 мәмлекет ағза.
Өзбекстан Республикасы 1993-жылдың 29-октябринде ЮНЕСКОға ағза болды.