ЭТЮД
Қарақалпақша
ат. 1. Келешекте сүўретлеў өнеринде үлкен картинаның тутас бөлеги болатуғын бир нәрсениң тәбийғый көринисине қарап салынған сүўрет ямаса мүсин.
2. Атқарғанда шеберликти талап ететуғын үлкен емес музыкалық шығарма.
3. Белгили бир мәселеге арналған киширек әдебий яки илимий шығарма, очерк.
4. Шахмат ҳәм шашка ойынларындағы утыў яки тең болыўға ерисиў ушын берилген позиция, тапсырма.