ЭВФЕМИЗМ
Қарақалпақша
ат. лингв.
Қандай да бир себеплер менен сол қәлпинде айтыўға қолайсыз яки қолланыўға болмайтуғын сөзлердиң, сөз дизбеклериниң сыпайыластырылып айтылыўы яғни сыпайы сөз.
Мәселен, «әлди» деўдиң орнына «қайтыс болды», «қазаланды», «жан тапсырды», «туўды» деўдиң орнына «көз жарды», «жас босанды», «босанды» ҳәм т.б.