ЫҢҒАЙЛАҚ
Қарақалпақша
ф. Ретлеў, бейимлеў, қолайлаў, хәзирлеў.
Оттың қызыўына балқып отырған Палман менен Сапар астына басқан шомларын ыңғайлап қойды да, соның үстине қыйсайып көзлери илинди (М.Абдреймов).
Бесик жыры бесикти тербетиўдиң ырғағына ыңғайлап иеленген (Н.Дәўкараев).