⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЫҚ I

Қарақалпақша

ат. 1. Суўық самал келмейтуғын таса, пана. Жанлы макдуқлардың бәри өзине ық излеген менен қара жер көкирегин төсеп, нәр алғандай булқынып туўлап қойды (Ө.Айжанов). 2. Суўдың ағысы, ағатуғын тәрепи, бағыты. Ол әлле немелерди айтып, дәрьяның ығына қарай қолын шошайтты (К.Султанов). 3. Бир нәрсениң аяқ бети, ақыры, төмени. Ханзаданың үйлери дәрьядан ығырақ, бир жамай болып отыр (К.Султанов).