ЫС
Қарақалпақша
ат. Түтиннен, шаңнан пайда болатуғын патаслық, күйе.
Өтемурат ошақ беттеги қазанның қақпағын ашып, ыс пенен күйеден түси көринбейтуғын ағаш зеренге еки шөмиш быламық қуйып Әсембайдың алдына қойып атыр еди, қапталда мүлгип жатырған ақ тазы «мениң пайым қайда?» дегендей басын көтерип, кансылай баслады (К.Султанов).
0 Ыс болыў — қара болыў, патас, шақ, ыс болыў.
Кеште де қоллары ыс-ыс болып бирге келди (Ш.Сейтов).
Ыс басыў — кир болыў, жайдың төбесинде ямаса ишиндеги затларда ыстың пайда болыўы.
Ишине кирсең ергенеклери сырланған кереге уўықлары да сондай, тек гүлдиреўишин азғана ыс басқан (С.Хожаниязов).