ЫРҒАҚЛЫ II
Қарақалпақша
этн.
Урық-тайпа атамасы.
Жаўынғырлар Қоңыраттың шеп қанаты есепталынып, ол негизинен жети урыққа бөлинген.
Булар: 1. Теристамғалы; 2. Бақанлы; 3. Тийекли; 4. Ырғақлы; 5. Баймақлы; 6. Қазаяқлы; 7. Уйғыр (Қ.Мәмбетов).
Қоңырат деген ел еди, Руқы еди ырғақлы («Алпамыс»).