ЫНТЫҒЫҚ
Қарақалпақша
ф. Қумартыў, қуштарланыў, берилиў, қумарланыў, умтылыў.
Әжинияздың кеўилине дүньяда Ханзаданың даўысынан жағымлы даўыс бар ма?... Сыртта турып: «сол, соның даўысы... Тағы бир сөйлесе екен!» деп ынтығады (К.Султанов).
Арғы жүздеги салланып турған көк пишенлерге, ана бир шоқ талға, жайылып жүрген малларға бирим-бирим зейнин аўдарып, журтын сағынып келгендей тәбият көринислерине ынтығып тур (К.Султанов).