⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЫМЫРТ

Қарақалпақша

ат. Иңир, геўгим. ф Ымырт жабылыў — күн батып қараңғы геўгим түсиў. Ымырт жабылып қас қарайғанда анам аўылдың артындағы қалың қопалыққа барып, дүзде мени туўған (Ж.Аймурзаев). Ымырт жабылғаннан кейин далада қыспақ тартып, бойра тоқып отырған бирең-сараң адамлар да үйлерине кирди (К.Султанов).