ат. Ҳәрекет пенен түсиндириў, қылық, қылўа.
Баласының ымына түсинген Гүлим бүгин көбирек шаршағанын, оның үстине бүгинги нормасынан ертеңге аўысып қалғанын айтты (Т.Қайыпбергенов).
Майданға шыққан соң Қәлмен шети аўылға аралас кирген атлыларды көрди де, Әжиниязды ымлап қораға шақырды (К.Султанов).
Ым менен шығып кетиўин өтиндим (М.Нызанов).
0 Ым қағыў — белги бериў, ымлаў.
Табақ алынып, қол жуўылған соң, Таўназар бәйбишесине ым қақты (Н.Бөрекешов).
Ым-жымы бир болыў — келисимли, сырлас.
Булар үшеўинин ым-жымының бир болғаны елеследи (Ә.Шамуратов).