ЫЛАҚА
Қарақалпақша
ат. Гөши майлы, тикенексиз, түси қара, аўзы үлкен, жайыннан кишилеў балық.
Сол ўақытта үлкен бир ылақа тапсырылады, еки адам көтере алмай турғанда, Палеке барлық күши менен ийинине қағып салады (Ә.Шамуратов).
0 Ылақанын қарнындай — үлкен, семиз.
Жағасын молдан қайып жийеклеген ақ сүп көйлеғиниң етеғин желпип, ылақаның қарнындай иркилдеген семиз қурсағын арқа жаққа қаратып жатыр (К.Султанов).