ЫЛАҚ
Қарақалпақша
ат. Ешкиниң бир жасқа толмаған төли, баласы.
Бир күни үйине келсе, байланған көк ылақтың биреўи өлипти (А.Дабылов).
Аты ылақ демесең, серке болып тур (К.Султанов).
0 Ылақ ойын — ат үстинде жүрип баўызланған кишкене ылақты тартып ойнайтуғын халықтың миллий ойынының түри.
Қырық қызы менен отаўда, Тартып ылақ ойнайды («Қырық қыз»).
Айпарша кеселинен айығып, майданға шығып турса, қалмақтың жас жигитлери шоқ-шоқ, топ-топ ылақ ойнап жүргенин көрди («Мәспатша»).
Ылақ шабысыў, ылақ шабыў — ылақ ойнаў.
Бес-алты күннен бери, ылақ шабысқан болыстың, Гил жерменлери яранлар (Бердақ).
Ылақ шабыўға барғанда он ешки алғанын лап етип мақтап аңнан қайтқан күнлери болса, мен бүгин үш кийикти атқа бастырып усладым — деп аўзын көпиртетуғын еди («Әмиўдәрья» ж.).