ЫЛАЙ
Қарақалпақша
ат. 1. Топырақтың суўға араласқан түри, батпақ, балшық.
Ылайдан суўырып алғандай бел буўарына шекем сатпарланған батпақ (К.Султанов).
Тал саясы жанға ысық, Ылай суўлар сыңқ-сыңқ күлсе жапларда (И.Юсупов).
Жүннен тоқылған қапқа өңменин созып, қапталында саз ылайдан үшпелек соғып отырған баласына жекиринди (К.Султанов).
2. Сыбаў яки жай курыў, гербиш куйыў ушын қумды, топырақты суўға араластырып иеленген курылыс материалы.
Аяғымның астындағы ызғар топырақ, пахсаға атыўға таяр турған пискен ылайдай табаныма шылп-шылп жабысар еди (М.Нызанов).
Хан шәҳәрди «Ишкери» ҳәм «тысқары» етип, екиге бөлип атыр екен, «ишкери» шәҳәрди сыртқы душпаннан қорғаў ушын қыр дөрегек айландырып, ылайдан қорған дийўал салып атыр (К.Султанов).
0 Топанлы ылай — топан араласқан ылай.
Жай дәслеп топанлы ылай менен жүдә тегис сыбалған (Т.Қайыпбергенов).
Ылай ағаш - жайдың сыртқы төбесин сыбағанда, ылайды шелекке салып, тартып шығарыў ушын арналған узын ағаш.