ЫЗҒАРЛЫ
Қарақалпақша
кел. Ығаллы, ҳөлли, ләмли.
Өйткени ондағы ызғырық жел, ызғарлы хаўа райы бизиң жерде де жийи-жийи болып турады ғой, көнип кетти (Ө.Айжанов).
аўыс. Ызғарлы — ашыўлы, кекли.
Кәтқудалар менен жасаўыллардың тум-тустан қараған ызғарлы көзлери Қосыбайдың ғә гәўдесине, гә бет алдына найзадай шаншылып тур (К.Султанов).
— Пийрим келе берсин деп отырман, — дедим күлип.
Бул гәп оған сәл ызғарлы түйилди (М.Нызанов).
<> Ызғарлы күлки — ашыўлы, кекли күлки.
Өтемураттың көзине ызғарлы күлки куйылып келди (К.Султанов).
—Қаққыңнан! — деп ызғарлы күлди Гүлшира (М.Нызанов).