ЫЗЫҢ
Қарақалпақша
ат. Ызыңлаған сес.
Ешейинде ызың қағатуғын қуўрақ камыслардың басы да қалдырамай, тозаңы шығып үрпейисип тур (Ө.Хожаниязов).
0 Ызың қағыў - сес шығарыў.
Ызың қағып есер самалың, Тал жапырағын жулқылап бирден, Сары сынлы қыздай жамалын, Сары алтынға толғандай ирген (Т.Сейтжанов).
Ызың-ызың суўық — сес шығарып ескен суўық самал.
Ызың-ызың суўық, самал еседи.
Ызылдасып өкпе-баўырьщ теседи (Ә.Шамуратов).
Ызың-сызың сөз — емески хабар.
Бирақ та ол қаққында анаў-мынаў ызың-сызың сөз еситсем де, көзим көрмеген соң инанғым келмейди (Ә.Шамуратов).
Орал менен Сапар бирин-бири тәўир көреди, деп бурын аўылдағы бала-шағадан ызың-сызың сөз еситиўи бар, оның дурыслығын я надурыслығын өзи де билмейтуғын еди (М.Абдреймов).
Ызың-сызың сөз болып көштиң изине ерди (Ж.Аймурзаев).
Ел арасы еле ызың-сызың сөз (Т.Қайыпбергенов).