ЫЗБА
Қарақалпақша
ат. Қара үйдиң керегелерин тутастырып байлаў ушын, жүннен ийирилген сабақтан жалпақ етип енсиз тоқылған зат, баў.
Керегениң басларын байлаған ызба гил шытақ нағыс (К.Султанов).
Керегелерди де нағыслы белжип, ызба менен жалғастырып қойыпты (С.Хожаниязов).