ЫДЫС
Қарақалпақша
ат. Ҳәр түрли нәрселерди салыўға арналған зат, хожалык буйымы.
Темир ыдыстан аўқат жемегейли деп шәрт қояды («Әмиўдәрья» ж.).
— Жақсы, онда кеттик, — деп төгин арқалайтуғын ыдысын алып, Сержан далаға шықты (Т.Қайыпбергенов).
Патшаның басы, шопанның аяғы бар топырақтан, Ыдысқа мойын, тутқа, қулақ дүзетип атыр (И.Юсупов).
<> Ыдыс-пыдыс — ыдыс ҳәм соған уқсаған барлық затлар.