ШЫҚ
Қарақалпақша
ат. Жаз ямаса гүздиң күнлери күнниң суўыныўынан пайда болатуғын суў тамшылары, ләм, қөл, ызғар.
Тан ала геўгимнен турып, Ажар кемпирлерин оятып, азанғы шық пенен ақ пишенди сәскеге шекем орып қайтады... (К.Султанов).
Шық түскеннен соң шөплер қандайдур жағымлы ийис тарқатар, Қасқа жолдың орпаң топырағы ызғарланып, шаң күндизгидей көтерилмейди (К.Кәримов).