⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ШЫРПЫ

Қарақалпақша

ат. Отты алыстырыў ушын бир басына күкирт жағылған жиңишке ағаш таяқшалар, ағаштың майда-майда бөлекшелериниң басында жандыратуғыны бар зат күкирт. 1. Ертеңине жүреги даўамаса да илажсыздан қараңғы өжиреде шырпы шағып қыдырып, моржасыз шүтик шыраға май таўып алғанда куўанып кеткен еди (К.Кәримов). 2. Сырттан бир қушақ жыңғылдың шырпысын әкелген Бәйитханның көзлери қып-қызыл муштай болып домбығы писип кеткенлигин ала көлеңкеде көрмесе де сезди (А.Садықов).